Шайырлар елине саяхат | | Karakalpak state university

Шайырлар елине саяхат

Президентимиздиң 2017-жылғы Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында «И.Юсупов атындағы мектеп-интернаты оқыўшыларын халқымыз тарийхын, мәдениятын үйрениў ушын республика аймақларына сапарға алып шығыўды шөлкемлестириў» ўазыйпасын айрықша мәселе сыпатында белгилеп берген еди.

Усы тийкарда усы жылдың 18-март күни Шымбай районына ҚМУдың Қарақалпақ филологияси факультетиниң әмелиятшылары Ж.Муратбаев ҳәм М.Идаев басшылығында мектеп-интернаттың оқыўшылары менен саяхат шөлкемлеситирилди.

Саяхат даўамында оқыўшылар Шымбай қаласындағы И.Юсупов үй музейинде ҳәм Шымбай қалалық академиялық лицейинде болды. Буннан соң халқымыздың классик шайырлары болған Күнхожа ҳәм Бердақтың естелигине арнап салынған мақбараларды зияратлады.

Саяхат даўамында мектеп-интернат оқыўшылары ел сүйген шайырлармыздың қосықларынан көркемлеп оқып, олардың руўхларын және бир мәрте шад етти.

– Биз өз педагогикалық әмелиятымыз дәўиринде мектеп-интернатының қәбилетли, билимли ҳәм дөретиўши оқыўшыларына усындай саяхатлар арқалы аз да болса тәсир етип, олардың әдебиятқа ҳәм дөретиўшиликке болған сүйиспеншилигин еле де арттырыўға ҳәрекет етип атырмыз, – дейди әмелиятшы студент Жахангир Муратбаев.

Саяхат жүдә мазмунлы ҳәм қызықлы болып өтти.

Мират Идаев,

Қарақалпақ филологиясы факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер