Илим соқпақлары… | | Karakalpak state university

Илим соқпақлары…

Уллы ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлонийдиң «Инсан ақыл-ойының қуўаты ҳәм кеңлиги бәринен бурын муғаллимниң тәрбиясына байланыслы» деген сөзлери устазларға берилген жоқары баҳа болып есапланады.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев 2018-жыл 30-сентябрьдеги «Оқытыўшы ҳәм устазларға байрам қутлықлаў»ында «…жаңа Өзбекстан мамлекетин қурыў, жанажан Ўатанымызды және де раўажландырыўға қаратылған аўыр ҳәм машақатлы, соның менен бирге, оғада даңқлы мийнетиңизди қәдирлеў ушын биз мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күш ҳәм имканиятларын иске қосыўға таярмыз», деп айрықша атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, устазлық кәсип жүдә машақатлы ҳәм мақтанышлы.  Усындай машақатты көрген, ҳәзирги күнде мақтанышқа бөленген устазлардың бири география кафедрасы профессоры, география илимлери кандидаты, тарийх илимлериниң докторы Руза Баллиева болып есапланады.

2018-жыл 18-март күни Тәбияттаныў факультетинде усы факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары менен биргеликте география кафедрасының профессоры Руза Баллиеваның 60 жыллық юбилейине бағышланған «Илим соқпақлары…» атлы ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўды факультет деканы ў.ў.а доцент Якуб Аметов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Ушырасыўда доцент Г.Ходжаева «Илим жолында» темасында баянат жасады, кейин Руза Баллиева өзиниң өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги бойынша студент-жасларға айтып берди.

Буннан соң, Р.Баллиеваның педагогикалық ҳәм илимий жумыслары ҳаққында академик Б.Мамбетназаров, профессор Г.Асенов, профессор М.Ибрагимов, доцент К.Алланазаров, доцент Г.Туремуратова, доцент Н.Ембергенов ҳәм үлкен оқытыўшы М.Турсыновлар шығып сөйлеп, студентлерге баҳалы мағлыўматлар берди.

Ушырасыў студент-жасларда үлкен тәсирлер қалдырды.

 

Г.Ходжаева, Н.Ембергенов,

География кафедрасының доцентлери.

Пайдалы дереклер