slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ФАКУЛЬТЕТЛЕР АРАЛЫҚ ШЕТ ТИЛЛЕР КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ФАКУЛЬТЕТЛЕР АРАЛЫҚ ШЕТ ТИЛЛЕР КАФЕДРАСЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллер факультети  факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы 1976 жылы дүзилген болып, ҳәзирги күнде бул кафедра өзиниң 42 жыллық тарийхына ийе кафедралардан бири болып есапланады.

1976-1977 оқыў жылынан баслап университеттиң барлық факультетлеринде инглис, немис ҳәм латын тиллерин оқытыўды тәмийинлеў мақсетинде факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы ашылды. Кафедра ашылған ўақыттан баслап узақ жыллар даўамында тәжирийбели педагоглар доцент П.Бекимбетов, К.А.Исмаилов, Е.Қунназаров, А.Қурбанбаев, Г.Нурымбетова, О.Ибрагимов, Г.Тлеўмуратов басқарып келди. Кафедрада мийнет ветеранлары үлкен оқытыўшылар Т.Досанов, Е.Базарбаев, Н.Мудрякова, И.Замешаева. З.Урунбаева, З.Султанова, З.Нысанова, А.Юсуповалар жасларымызға тәлим-тәрбия берди.

1991-1994 жыллары шет тиллери кафедрасына доцент А.Курбанбаев басшылық етип келген болса, оның изинше 1994-1995 жыллары доцент Г.Нурымбетова кафедраны басқарды.

1995-1996 жыллары бул кафедра екиге бөлинип, яғный тәбийий-экономикалық факультет-лер ушын шет тиллери кафедрасына доцент О. Ибрагимов ҳәм гуманитар факультетлери ушын шет тиллери кафедрасына Г. Тлеўмуратовлар басшылық етти.

1996-жылы үлкен оқытыўшы О.Төребаев кафедра баслығы болып сайланды ҳәм ол 2005-жылға шекем кафедраға басшылық етти.

2005-жылы факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы менен инглис тили кафедрасы бирлестирилип, ол инглис филологиясы кафедрасы деп аталды ҳәм сол дәўирде 2006-жылдың январь ай – ына шекем инглис филологиясы кафедрасына үлкен оқытыўшы Дж.Курбанбаев басшылық етти.

2006 -2007 жыллары инглис филологиясы кафедрасына үлкен оқытыўшы Г. Бекбергенова басшылық етти.

2007-2008 жыллары инглис филологиясы кафедрасына үлкен окытыўшы А.Тажиева кафедра баслығы болып сайланды.

2008-жылы май айының 30-сәнесинде Министрлик тәрепинен жаңадан 159-санлы буйрығы менен тастыйықланған «Жоқары оқыў орынларының кафедралары хаққындағы Нызам» талап-ларына муўапық ҳәм университеттиң Илимий Кеңеси қарары менен улыўма университетлик тиллер кафедрасы шөлкемлестирилип кафедра баслығы етип педагогика илимлери кандидаты Айгул Ходжаниязова бекитилди.

 2015-жылдың ноябрь айынан баслап факультетлер аралық шет тиллери кафедрасына филология илимлери кандидаты, доцент Дәметкен Кубейсинова басшылық етип келмекте.

Ҳәзирги күнде факультетлер аралық шет тиллер кафедрасы  университеттиң  барлық 10 факультетинде бакалавр жөнелислерине инглис тилинен әмелий сабақ алып барады.

Ҳәр жылы кафедра ағзалары Халықаралық ҳәм  Республика көлеминдеги өткерилип атырған илимий конференцияларға өзлериниң илимий мақалалары менен  жедел қатнасып келмеқте.  Кафедра профессор-оқытыўшылары  Ж.К.Таспанова, Р.М. Ещанова, З. М. Молдахметова, «Теория и практика современной науки» Халықаралық илимий-әмелий журналында, Р. А. Хабипова «Scope Academic House 7 th International conference  Science and Practice»  ҳәм  «Social Science and Humanities» журналында, А. Ембергенова ва М.А. Калабаевалардың «АЭТЕРНА» Халықаралық илимий журналларда  мақалалары шықты.

 Кейинги 3 жылда кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен 2 монография, 1 оқыўлық ҳәм  15 оқыў-методикалық қолланбалар, 50 ден артық илимий мақалалары ҳәм тезислер баспадан шықты.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

 

Кубейсинова Даметкен Турсунбаевна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1967-жылы 19-апрельде Тақыятас қаласында туўылған. 1989-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамам-лаған. Қәнигелиги филолог, инглис тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2008-жылы «Синтаксико-семантические особенности личных местоимений в структуре предложений современного англий-ского языка» темасында кандидатлық диссертация-сын жақлады. 2011-жылы Өзбекистан Республикасы Жоқары Аттестация комиссиясы тәрепинен доцент илимий атағын алды. 40 тан аслам или-мий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 2 оқыў қолланба ҳәм 5 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 1991-жылдан баслап оқытыўшы. 2015-жылдан баслап кафедра баслығы болып ислеп келмекте.

 

 

Жоллыбекова Марьяш Рысназаровна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1959-жылы 26-апрельде Нөкис қаласында туўылған. 1981-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, инглис тили пәни оқытыўшысы. Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 1984-жылы ассистент-оқытыўшы болып илимий-педагогикалық хызмет баслады . 2008-жылы «Типология неполных предложений в диалогической речи» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 2009-жылдан кафедра доценти. 35 тен аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Сон-нан 4 методикалық қолланба, 1 методикалық көрсетпе, 2 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2013-2014 жыллары Ташкент мәмлекетлик педиатрия институты шет тиллер кафедрасы баслығы болып иследи. 2014-жылдан баслап факультетлер аралық шет тиллери кафедрасы доценти.

Сондай-ақ, факультетлер аралық шет тиллер кафедрасында үлкен оқытыўшылар С.Ескараева,Э.Менлимуратова, ассистентлер Г.Алланиязова, Г.Бабаназарова, А.Байниязов, Б.Есемуратов, Т.Жалиев, М.Калабаева, М.Каллибекова, И.Мамбетова, З.Молдахметова, М.Сапарниязова, Г.Сапарова, Д.Сейтназарова, С.Таженова, Ф.Торебаева, Р.Хабипова, С.Ходжаниязова, Н.Бекмуратова, Р.Ещанова, Н.Абдимуратова, С.Даулетназарова, К.Кунназарова, А.Ембергенова, Ж.Таспанова, А.Машариповалар ислеп атыр.

 

Пайдалы дереклер